Институтта өткерилген шығармалар таңлаўларының жеңимпазлары сыйлықланды

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсибети менен өткерилген «Мениң бабам қаҳарман», «Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық», «Мен диний экстремизм ҳәм терроризмниң қәўпин қандай түсинемен?», «Биз коррупцияға қарсымыз» атамасындағы мақалалар ҳәм шығармалар таңлаўлары өткерилген еди.
30-июнь – Жаслар күни мүнәсибети менен усы таңлаўларда жеңимпаз деп табылған студент-жаслар мүнәсип сыйлықланды.
Төменде сиз таңлаўлардың жеңимпазлары менен танысыўыңыз мүмкин.

9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсибети менен өткерилген «Мениң бабам қаҳарман» атамасында өткерилген шығармалар таңлаўы жеңимпазлары
- Мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультети 1-курс студенти Реймова Гүлжахан 1-орын
- Математика-информатика факультети 1-курс студенти Алламуратова Улбосын 2-орын
- Педагогика факультети 1-курс студенти Ильясов Турсынбай 3-орын
«Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық», «Мен диний экстремизм ҳәм терроризмниң қәўпин қандай түсинемен?» атамаларындағы мақалалар таңлаўы жеңимпазлары
- Филология факультети 2-курс студенти Қодиров Умидбек 1-орын.
- Шет тиллери факультети 1-курс студенти Азатбаева Мияссар, Мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультети 2-курс студенти Юсупова Маҳлиё 2-орын,
- Физика-мийнет факультети 1-басқыш студенти Избастиев Азамат, Тарийх-география факультети 4-курс студенти Сержанов Бахтияр 3-орын.

«Биз коррупцияға қарсымыз» атамасындағы мақалалар таңлаўы жеңимпазлары
- Дене мәденияты факультети 1-курс студенти Қурбонова Дилдора 1-орын,
- Шет тиллери факультети 1курс студенти Бектурсынова Айнура 2-орын,
- Мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультети 3-курс студенти Рейимбаева Арзайым 3-орын
