Абитуриентлерден келип түскен арзаларды тәлим бағдарлары кесиминде онлайн көриў имканияты жаратылды

Мәмлекетлик тест орайының рәсмий веб-сайтында усындай имканият жаратылды. Буның ушын qabul.dtm.uz сайтына кирип, өзиңизге керекли болған жоқары оқыў орнын таңлаўыңыз керек.

Бунда таңлаған жоқары оқыў орныңыздағы бағдарлар бойынша төмендеги мағлыўматлар көрсетилген болады:

– Қабыллаў жобасы;

– Биринши бағдар сыпатында таңлағанлар саны;

– Екинши бағдар сыпатында таңлағанлар саны;

– Үшинши бағдар сыпатында таңлағанлар саны;

– Биринши сыпатында таңлағанлар бойынша таңлаў көрсеткиши.

 

Ислам Матеков.