Шет тиллери факультетинде жат иллетлерден қорғаныў мәселелерине бағышланған мәжилис болып өтти

Институттың шет тиллери факультетинде жаслар арасында диний экстремизм, терроризм, адам саўдасы сыяқлы ҳәр қыйы жат иллетлердиң алдын алыў ҳәм оларға қарсы гүресиў мәселелерине бағышланған мәжилис болып өтти.

Мәжилисте пайтахтымыздағы Имәм ийшан Муҳаммед жәмийетлик мешити имәмы А.Жолаўшиев, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Нөкис қалалық бөлими қәнигеси Б.Аташев, Өзбекстан жаслар аўқамы Нөкис қалалық Кеңеси жетекши қәнигеси Р.Зийўатдинов ҳәм факультет деканының жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша орынбасары М.Алланиязовалар бундай иллетлерди жаслар арасында болдырмаў, алдын алыў ҳәм қарсы биргеликте гүрес алып барыўдың нәтийжели жоллары бойынша пикир алмасты.