Мектепке шекемги билимлендириў факультети студентлери мәлимлеме-ресурс орайы менен танысты

Быйылғы оқыў жылында институттың мектепке шекемги билимлендириў факультетине қабыл етилген студент-жаслар институтта оқыў ҳәм илимий изертлеў жумысларын алып барыў мақсетинде жаратылған шараятлар менен таныстырылды.
Атап айтқанда, мектепке шекемги билимлендириў бағдары 1-«г» топары студентлери топар басшысы П.Өтениязова басшылығында факультет имаратындағы мәлимлеме-ресурс орайындағы китаплар ҳәм электрон оқыў залындағы шараятлар менен танысып, өзлерине керекли болған мағлыўматларды топлады ҳәм мәлимлеме-ресурс орайына ағза болды.
