Музыкалық тәлим бағдарында психолог пенен ушырасыў болып өтти

Институт психологы Г.Төрениязова музыкалық тәлим бакалавр бағдарына 2019-2020-оқыў жылында қабыл етилген 1-курс студентлерине семинар-тренинг өткерди.

Семинарларда психолог студентлер менен танысып, жаслардың жетекшилик қәбилетин арттырыў, өзине болған исенимди беккемлеў, алға қандай мақсет қойыўымыз кереклиги ҳәм оны қалай анықлаў бойынша психологиялық билимлерин беккемлеп, тренинглер шөлкемлестирди.