Шет тиллери факультети студентлери «Қарақалпақстан» телеканалындағы «Билим ринг» көрсетиўинде жеңимпаз болды

Бүгин, 18-сентябрь күни «Қарақалпақстан» телеканалының «Билим ринг» интеллектуал ойынына институттың шет тиллери факультетиниң бир топар белсенди жасларынан ибарат команда қатнасты.

Ҳәр қыйлы тараўларға байланыслы логикалық сораўларға анықлық пенен жуўап берген студент-жаслар ойын жуўмағында 6:3 есабында жеңимпаз болды.