Баслаўыш тәлим факультетинде спорт ҳәм саламатлық илажлары өткерилди

Баслаўыш тәлим факультетинде «20-сентябрь – Халықаралык студентлер спорты куни» мүнәсибети менен студент-жасларды спортқа қызықтырыў, ҳәр түрли спорт ойынлары бойынша түсиниклер бериў, азанғы дене шынықтырыўшы шынығыўлар ислеўди жолға қойыў, спорт пенен шуғылланыўдың әҳмийети ҳаққында тусиндириў жумыслары өткерилип, спорттың стол теннис, баскетбол түрлери бойынша спорт ойынлары өткерилди.