Баслаўыш тәлим факультети Үргениш мәмлекетлик университети кафедрасы менен байланысларды жолға қоймақта

Баслаўыш тәлим факультети «Баслаўыш тәлим» кафедрасы профессор-оқытыўшылары Үргениш мәмлекетлик университети «Баслаўыш тәлим» кафедрасы менен бирге ислесиўди жолға қойыўды режелестирмекте.

Усы реже тийкарында НМПИ Баслаўыш тәлим кафедрасы баслығы, доцент З.Қурбаниязованың басшылығында «Баслаўыш тәлим» қәнигелиги 1-курс   магистрантлары менен Үргениш мәмлекетлик университетиниң оқытыўшысы И.Кудайназаров пенен ушрасыў шөлкемлестирилди.

Ушырасыў даўамында Баслаўыш талимниң ең актуал машқалаларының бири «Математиканы оқытыў методикасы» пәни бойынша бир қанша пикирлер алмасылды.

Сәўбетлесиў арқалы магистрантлар баслаўыш класс оўыушыларына интерактив усыллар арқалы математика пәниниң элементлерин тез хәм аңсат өзлестириў жолларын билиў имканиятларына ийе болды.