Елликқаладағы педагогика факультетинде сайлаў бойынша студентлерге түсиндириў жумыслары алып барылды

Хабарыңыз бар, быйылғы жылы декабрь айында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси, жергиликли басқарыў кеңеслери депутатлығына сайлаўлар болып өтеди.

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының Елликқаладағы педагогика факультетинде жаслар аўқамы районлық кеңеси менен биргеликте «Биз, жаслар сайлаўға таярмыз» атамасында студентлер менен сәўбетлесиўлер ҳәм ушырасыў өткерилди.