Педагогика факультетинде оқытыўшылар әжайып тәризде байрам менен қутлықланды

Институтымыздың педагогика факультети деканаты ҳәм студентлери тәрепинен 1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни байрамы мүнәсибети менен факультет оқытыўшылары әжайып тәризде байрам менен қутлықланды.
Ерте азанда сабақ өтиў ушын факультетке кирип киятырған оқытыўшыларға байрам гүллери саўға етилди. Сондай-ақ, оларға ҳәр қыйлы қызықлы сораўлардан ибарат викторина лотореясы усынылды. Қатнасыўшы барлық оқытыўшыларға саўғалар берилди.
Сондай-ақ, ректорат тәрепинен жолланған байрам қутлықлаўы салтанатлы түрде тапсырылды.
