Баслаўыш тәлим факультетинде муғаллимлер ҳәм устазлар күнине арналған байрам кешеси болып өтти

Баслаўыш тәлим факультетинде «1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» мүнәсибети менен «Устаз өмир шырағы» атамасындағы саз-сәўбетли байрам кешеси шөлкемлестирилди. Байрам жүдә көтериңки, кеўилли руўхта өткерилди.

Байрам кешеси қутлықлаўлар менен басланды. Педагогика илимлери кандидаты, доцент А.К.Пазылов сөзге шығып, кеше қатнасыўшыларын байрам менен қутлықлап, оқытыўшы ҳәм устазлық кәсибиниң сырлары, машақатлары, бүгинги күндеги жетискенликлери ҳаққында кең түрде түсиник берди.

Байрам кешеси магистрантлар ҳәм студент-жаслар тәрепинен устазларға арнап таярлаған қосықлар, интермедия, викторина, күлкили номерлерден ибарат концерт бағдарламасы көрсетилди.

Байрам соңында студентлер устазларға гүллер берип, өзлериниң миннетдаршылығын билдирди.