“Универсиада-2019” спорт жарысларының аймақлық басқышы өз жуўмағына жетти.
Қарақалпакстан Республикасы Нөкис қаласында спорттың баскетбол түри бойынша өткерилген жарысларда Қарақалпақстан сайланды командасының қызлар ҳәм ер баллар командасы жеңимпаз болып, финал басқышына жолламаны колға киргизди.
Наўайы ўәлиятында волейбол бойынша өткерилен спорт жарысларында қызлар ҳәм ер балалар арасында Республикамыз сайланды командалары жеңимпаз болып, финал басқышына шықты.
Хорезм ўәлиятында өткерилген қол тобы бойынша өткерилген жарысларда кызлар арасында Қарақалпақстан сайланды командасы ағзалары жеңимпаз болып, финалға жол алды.
Бухара ўәлиятында спорттың футбол түри бойынша өткерилген жарыста Қарақалпақстан сайланды командасы 2-орын менен жарысты жуўмақлады.
«Универсиада-2019» спорт жарысларының аймақлық басқышлары жуўмағы бойынша жеңимпазлықты қолға киргизген баскетбол, волейбол ҳәм қол тобы бойынша қызлар командаларының толық қурамын Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының спортшы жаслары қурайды. Сондай-ақ, басқада спорт түрлери бойынша сайланды командалар қурамында институтымыз студент-жаслары белсене қатнасты. Студент жасларымызды спорт жарысларына тренерлерден А.Казаков, Ж.Бекмуратов, Б.Тлеуов ҳәм Р.Ибрагимовлар таярлады.
Қарақалпақстан сайланды командасы ағзаларын қолға киргизген табыслары менен қызғын қутлықлаймыз!

