ШАЙЫР ДҮНЬЯСЫНА САЯХАТ

Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсуповқа арналған кишигирим музейи 2012-жыллардан баслап Нөкис қаласындағы улыўма билим бериў мектебиниң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты оқытыўшысы Аметова Гәўҳар апаның излениўлери нәтийжесинде дүзилген. Ҳәзирге шекем музейде шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилигине байланыслы көп экспонатлар жыйналған. Музейде Шыңғыс Айтматовтың Ибрайым ағаға саўғаға берген шахмат тахтасы, 1-президентимиз Ислам Каримовтың қолы қойылған қол сааты ҳәмде қутлықлаў қағазы, Ибрайым Юсуповтың оқыған мектебинен шайырдың 60 жыллығына арнап берилген миллий шапаны да бар. Буннан басқа да шайырдың жазған мақалалары, қутлықлаў қағазлары, шаңарақ ағзалары менен түскен сүўретлери бар. Шаңарақ ағзалары да Ибрайым ағадан қалған буйымларды музейге алып келип тапсырған.

Усы музейге Түркий тиллер факультети Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты тәлим бағдары 1-курс талабалары барып, шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилигине байланыслы затлар менен жақыннан танысып қымбатлы мағлыўматларды алыўға миясар болды

Икрам Пердебаев,

Түркий тиллер факультети Қарақалпақ тили

ҳәм әдебияты тәлим бағдарының 1-б курс талабасы