Табийий пәнлер факультетинде «Ҳәр пийшенби- профилактикалық кун ” темасында мәжлис болып өтти

Табийий пәнлер факультети руухый агартыушылык ислери бойынша  декан орынбасары И.Зарликов ашып берди. Ол өз сөзинде жыйналыстың мақсет ҳәм ўазыйпалары менен хам келген мийманлар менен  бир катар  таныстырды.

Биринши соз наўбетин Нөкис қаласы ИИО ЖМБ №2 санлы ИИБ профилактик аға  инспекторы Р.Палўаниязовқа берилди.Ол оз созинде жасларды       ўатан суйиушилик руўхында  тарбиялаў олардын қәлбинде   ўатан тағдирине пидайлык туйгыларын калиплестириў  сондай- ак хукыкбузарлык профилактикасы хам жынаятшылыктын алдын алыу бойынша бир канша илажалар өткерилмекте.Ҳәзирги  кунде ушырасып атырган айрым унамсыз акыбетлер инсан өмирине кери тасирин тийгизип атыр.Талабалар бос ўакытларын бийкарға өткерместен турли спорт дөгереклерине пән дөгереклерине катнасыў кереклигин айтып өтти.  

 Студентлердиң бос ўақытларында нелер менен шуғылланып атырғанлығына үлкен итибар бериў кереклигин айтты. Ҳәзирги ўақытта интернет тармақларындағы социаллық тармақларда пайда болып атырған жәмийетимизге, минталитемизге, мәмлекетимиздиң раўажланыў жолында өзиниң кери тәсирин тийгизетуғын секта ҳәм ағымлардан аўлақ болыўда бирге ислесиўге ҳәм турақлы түрде қадағалап барыўға шақырды.

Миллетимизге жат  болган  хар турли иллетлерден жасларымызды саклау хам жынаятшылык турли хукыкбузарлыкларды болдырмау барысында турли угит насият жумыслары алып барылмакта.Талабалардын  кийиниў мәденияты, өзиниң услап тутыўы ҳәм институттың ишки тәртип қығыйдаларына бойсыныўын қадағалап барыў кереклигин айтты. Ижарада жасап атырған талабаларға ижара тәртип қағыйдаларына әмел қылыў ҳәмде санитария қағыйдаларына да өз ўақтында әмел қылыў кереклигин айтып өтти. Тунги ўакытлары спиртли ишимликлер ишип, жәмийетлик орынларда унамсыз харекетлер болдырмаў ҳәмде буның алдын алыў бойынша ҳәзирги ўакытта жаңа турдеги нызамлар ислеп шығылғанлығын ескертип өтти.

 Талабалардын хар тареплеме билим алыўлары ушын кең имканиятлар жаратылган. Республикамыздың турли ўәлаятларынан район калаларынан келип ижарада жасап атырган 478 талабаларымыз факультетимизде билим алмақта . Ижарада жасап атырған талабалардың ҳалынан хабар алыў илажалары топар басшылары тәрепинен ҳар айда алып барылмақта.

Жыйналыс сонында талабалар өзлерин қызықтырған сораўларына жууаплар алды.

 

 

Руухый агартыушылык ислери

 бойынша декан орынбасары

И.Зарликов.