Түркий тиллер факультетинде «Студентлик жылларым мениң…» атамасындағы көркем-әдебий илаж шөлкемлестирилди

Түркий тиллер факультети ҳаял-қызлар басланғыш шөлкеми жанындағы «Қызларжан» ҳәм өзбек әдебияты кафедрасы жанындағы «Ниҳол» илимий-әдебий дөгерегиниң ағзалары менен биргеликте «Студентлик жылларым мениң…» атамасындағы көркем-әдебий илаж шөлкемлестирилди.

Илажды өткериўден баслы мақсет жаслардың руўхый дүньясын жетилистириў, олардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў бойынша Президентимиздиң бес әҳмийетли басламасы – музыка, сүўретлеў өнери, әдебият, театр және көркем өнердиң басқа түрлерине болған қызығыўшылықларын арттырыў, олардың талантының жүзеге шығыўына тийкар жаратыў ҳәм қоллап-қуўатлаўдан ибарат болды.

Илаж көтериңки руўхта болып өтти. Оны шөлкемлестириўде факультет ҳаял-қызлар комитети басланғыш шөлкеми баслығы, PhD Ф.Сапаева белсендилик көрсетти.

Илажға институт ҳаял-қызлар комитети басланғыш шөлкеминиң баслығы Б.Арзиева, факультет деканы Б.Давлетов, декан орынбасары П.Дабылов, өзбек әдебияты кафедрасының баслығы С.Матякупов, өзбек тили кафедрасының доценти, PhD О.Султонова, аға оқытыўшы С.Жалилов, Р.Мадаминовалар қатнасты.