Физика-математика факультети студентлери мектеп оқыўшылары ушын интеллектуал ойын шөлкемлестирди

Нөкис қалалық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 21-санлы улыўма билим бериў мектебинде институттың физика-математика факультетиниң 1-курс студентлери М.Кеңесбаева ҳәм Н.Әдилбаевалар оқыўшылар ушын «Заковат» интеллектуал ойынын шөлкемлестирди.
Оқыўшы жаслардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў, китапқумарлық мәдениятын арттырыў ҳәм ийелеген билимлерин беккемлеў мақсетинде шөлкемлестирилген интеллектуал ойынға мектептиң 7-9-класс оқыўшыларынан дүзилген командалар қатнасты.
