Пидайы устаз Тәжибай Сапарбаев 70 жаста

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты педагогика факультети педагогика кафедрасы доценти, педагогика илимлериниң кандидаты Тәжибай Сапарбаевтың 70 жыллық юбилейине бағышланған әнжуман болып өтти.
Әнжуманды институтымыздың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров кирис сөз бенен ашты ҳәм алып барды.
Соң Қарақалпақстан халық муғаллими, доцент А.Пазылов «Өз кәсибиниң маманы» атамасындағы баянатын оқып берди. Өз баянатында илимпаздың өмири, билим алған орынлары, ата-анасы ҳаққында кеңнен сөз етти.

Тәжибай Сапарбаев 1999-жылы Қори Ниёзий атындағы Өзбекстан педагогикалық илим изертлеў институтының қәнигелестирилген илимий кеңесинде профессор З.Д.Баўбекованың илимий басшылығында «Баслаўыш класс оқыўшыларына әдеп-икрамлылық тәрбиясын бериўде халық аўызеки дөретпелеринен пайдаланыў» темасында кандидатлық диссертациясын жақлап шықты. Тәжибай Сапарбаевтың авторлығында республикамыздың белгили газета-журналларында илимий мақалалар, тезислери жәрияланып, республика көлеминде өткерилген илимий-теориялық конференцияларда қатнасып келмекте.
Оның көплеген оқыў методикалық қолланбалары, сабақлықлары баспадан шықты. Атап өтетуғын болсақ, 1991-жылы В.А.Крутецкийдиң «Психология» атлы кытабын қарақалпақ тилине аўдарып, қарақалпақ психология илиминиң раўажланыўына өз улесин қосты.

Сондай-ақ, илажда «Ҳақыйқый устаз ҳәм илимпаз» баянаты менен тәлим системасын басқарыў қәнигелиги 2-басқыш магистранты Кеңесбаева Элмира, илимпаздың жақынлары шығып сөйледи. Өз сөзлеринде Тәжибай ағаның кәсибине деген пидайылығы, адамгершилик пазыйлетлери, сабақ өтиў шеберлиги, сондай-ақ, шаңарақта әдиўли әке екенлиги айрықша айтып өтилди.
Әнжуман студент-жаслардиң атқарыўындағы қосықлар, аяқ-ойынлар менен өз жуўмағына жетти.
Турсынбай Ильясов,
Педагогика факультетиниң студенти.