Тәбийғый пәнлер факультети студентлери парламент моделинде жеңимпаз
Усы жылдың 16-17-ноябрь күнлери Ташкент қаласында жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў мақсетинде Жаслар парламенти модели жойбары әмелге асырылды.
Оған институттың тәбийғый пәнлер факультетиниң бир топар студентлери – О.Раҳимбаев, Г.Алменова, Ҳ.Изентаева, Г.Балтабаева, С.Искендерова, М.Шерипбаевалар белсене қатнасты.
Илаж жуўмағына бола институтымыз студентлериниң белсендилиги ҳәм басламалары есапқа алынып, жеңимпаз деп табылды.
