Сүўретлеў өнери ҳәм мийнет тәлими факультетинде «Қызларжан» таңлаўы болып өтти
Институттың сүўретлеў өнери ҳәм мийнет тәлими факультетинде оқып атырған студент-қызлар арасында «Қызларжан» таңлаўы болып өтти.
Таңлаўда студент-қызлардың билим ҳәм көнликпелери ҳәр қыйлы шәртлер тийкарында сынақтан өткерилди.
Таңлаў жуўмағында жеңимпазлар анықланып, саўғалар ҳәм диплом менен сыйлықланды.
