Тарийх факультетиниң белсенди студентлери сыйлықланды
Институт мәжилислер залында тарийх факультетинде 2018-2019-оқыў жылы жуўмақлары бойынша сыйлықлаў ҳәм концерт бағдарламасы болып өтти.
Жыл даўамында өзлеринин билим ҳәм көнликпелери, илимий изертлеў ҳәм жәмийетлик жумыслардағы белсендилиги менен жақсы нәтийжелерди қолға киргизген студент-жаслар 9 номинация бойынша, яғный «Жыл студенти», «Ең зийрек студент», «Шох студент», «Спортшы студентлер», «Ең белсенди топар сәрдарлары», «Ең талапшаң студент», «Жыл әмелиятшысы», «Белсенди жетекшилер», «Ең белсенди студент» номинациялары бойынша сыйлықланды.
Илаж концерт бағдарламасы менен даўам етти.
