Институт ҳаял-қызлар комитети басланғыш шөлкеминиң баслығы Бахытгүл Арзиева «Жыл ҳаялы» таңлаўында «Жылдың ең белсенди ағартыўшы ҳаялы» номинациясының жеңимпазы болды

Ҳаял-қызлардың шаңарақ ҳәм жәмийеттеги белсендилигин арттырыў, олардың алдынғы тәжирийбесин ғалабаластырыў мақсетинде усы жылдың 23-декабрь күни Нөкис қаласындағы Жас тамашагөйлер театрында «Жыл ҳаялы» республикалық миллий таңлаўы болып өтти.

 

Қуўанышлы тәрепи, онда «Жылдың ең белсенди ағартыўшы ҳаялы» номинациясы бойынша Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының «Миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими» кафедрасының үлкен оқытыўшысы, институт ҳаял-қызлар комитети басланғыш шөлкеминиң баслығы Бахытгүл Арзиева жеңимпазлықты қолға киргизди.

 

Мағлыўмат ушын, таңлаўға ҳәр қыйлы министрликлер, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик уйымлардан улыўма 113 қатнасыўшының ҳүжжетлери келип түскен болса, олардың ишинен ең үлгили деп табылғанлары 11 номинация бойынша жеңимпаз деп табылды.

 

Ислам Матеков,

Нөкис МПИ баспасөз хаткери.