Сүўретлеў өнери ҳәм мийнет тәлими факультетинде коррупцияға қарсы гүресиў мәселесине арналған жыйналыс өткерилди

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты сүўретлеў өнери ҳәм мийнет тәлими факультетинде коррупциялық жағдайлардың алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиўге бағышланған жыйналыс болып өтти.

Жыйналысты факультет деканы Ж.Дәрменов басқарып барды.

Илажда факультетте бундай унамсыз ҳәрекетлерди болдырмаў ҳәм алдын алыўға қаратылған илажлар белгилеп алынды.

Жыйналысқа институттың илимий жумыслар ҳәм инновациялар бойынша проректоры П.Калханов қатнасты.