Институттың талантлы студентлери Шымбай районындағы мектеп оқыўшылары менен ушырасты
Шымбай районындағы 36- ҳәм 40-санлы улыўма билим бериў мектеплеринде «Ниҳол» мәмлекетлик сыйлығының лауреаты, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының музыкалық тәлим бағдарының студенти М.Төребеков ҳәм бир қатар халықаралық таңлаўлардың жеңимпазы, талантлы бақсы, усы бағдардың студенти Д.Нуратдинова мектеп оқыўшылары менен ушырасты.
Ушырасыўда институт студентлери елимизде жаслар ушын жаратылған шараятлар ҳаққында сөз етип, Президентимиздиң 2019-жыл 27-декабрь күни елимиздиң бир топар белсенди жаслары менен ушырасыўында айрықша атап өткен мәселелер ҳәм олардың әҳмийети ҳаққында айтып өтти.
Соның менен бирге, өзлериниң көркем өнерге болған ықласы, бақсышылық өнерине кирип келиўи менен байланыслы берилген оқыўшылардың сораўларына жуўаплар берди.
Ушырасыў даўамында өз белсендилигин көрсеткен оқыўшыларға Д.Нуратдинованың жақында баспадан шыққан китаплары саўға етилди.
Т.Ильясов,
Педагогика факультети студенти.