Физика-математика факультетинде айрықша жағдайлар ҳәм өрт қәўипсизлиги бойынша тараў ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти

Институттың физика-математика факультетинде айрықша жағдайлар, әсиресе, өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша ушырасыў болып өтти.

Оған Нөкис қалалық Айрықша жағдайлар бөлими инспекторлары – лейтенантлар А.Назарымбетов ҳәм Д.Рейпов, факультет студент-жаслары қатнасты.

Ушырасыўды факультет деканының орынбасары Х.Есемуратов басқарып барды.

Тараў ўәкиллери тәрепинен атап өтилгениндей, ҳәзирги ўақытта барлық орынларда халықтың жасаў орынларында жүз бериўи мүмкин болған өртлер, газ ҳәм ҳаўа араласпасының шақнаўы, пуқаралардың газ ийсинен зәҳәрлениўи және басқа да усы сыяқлы айрықша жағдайлардың алдын алыў мақсетинде профилактикалық илажлар өткерилмекте. Тилекке қарсы, бундай унамсыз ўақыялар жийи ушыраспақта. Ушырасыўда усындай жағдайларда қалай ҳәрекет етиў, нелерге айрықша итибар бериў сыяқлы мәселелерге тоқталды.