Тәбийғый пәнлер факультетинде «Қызлар гүлдәстеси» таңлаўының факультет басқышы болып өтти

Таңлаўдың факультет басқышына ҳәр бир бағдардан қәбилетли ҳәм билимли, теңлеслерине үлги бола алатуғын студент-қызлар қатнасты.

Бир неше шәртлер тийкарында өз шеберликлерин көрсеткен қызлардың ҳәр бир шығыўлары және шәртлерди орынлаў барысы төрешилер тәрепинен әдил баҳаланып барылды.

Таңлаў жуўмағына муўапық, факультеттиң биологияны оқытыў методикасы бағдарының 1-курс студенти Диана Қайпанова 1-орынды ийелеп, институт басқышына жоллама алды.