Магистратура бөлиминде муғаллимлер ҳәм устазлар күни кең түрде байрамланды
27-сентябрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педгогикалық институтының магистратура бөлиминде «1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» байрамы мүнәсибети менен институт профессор-оқытыўшылары менен ушырасыў кешеси болып өтти.
Оған институт магистрантлары қатнасты. Ушырасыўда профессор-оқытыўшылар менен сәўбетлесиўлер өткерилип, магистрантура бөлими ҳәм барлық магистрантлар атынан қутлықланып, байрам саўғалары тапсырылды.
Магистрантлар тәрепинен таярланған байрам бағдарламасы жыйналғанлар итибарына усынылды.
Баспасөз хызмети