ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Филология факультетинде «Сизге тәжим, устазлар!» атамасында байрам кешеси болып өтти

1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни мүнәсибети менен Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының филология факультетинде «Сизге тәжим, устазлар!» атамасында байрам кешеси болып өтти. Кешени факультет деканы А.Абдиев ашты ҳәм басқарып барды. Ол өз сөзинде факультет профессор-оқытыўшыларының қолға киргизип атырған табыслары жөнинде айта келип, оларды байрам менен қутлықлады. Соңынан факультет деканаты тәрепинен барлық профессор-оқытыўшыларға байрам саўғалары тапсырылды. Байрам кешеси факультеттиң қәбилетли жаслары тәрепинен таярланған халықлар дослығы темасындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Баспасөз хызмети