ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында жәмийетлик кеңес дүзилди

Бүгин – 4-октябрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында жәмийетлик кеңестиң шөлкемлестириў мәжилиси болып өтти. Мәжилиске институт ректораты жәмәәти, жәмийет алдынғылары, белгили жазыўшы, шайырлар, студентлердиң ата-аналары ҳәм студент-жаслар қатнасты. Мәжилисти институт ректоры Б.Отемуратов басқарып барды. Атап өтилгениндей, 2018-жыл 4-июль күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мәмлекетлик уйымлар жанында жәмийетлик жумыслардың жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында республикамыздың барлық мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлери жанында жәмийетлик кеңеслери шөлкемлестирилмекте. Мәжилис күн тәртибине муўапық кеңес баслығы, оның орынбасары ҳәм хаткерин сайлаў мәселеси ортаға тасланды. Жыйналғанлардың пикир-усыныслары есапқа алынып, көрсетилген талабанлар даўысқа қойылды. Институт жәмийетлик кеңеси баслығы етип академик Ж.Базарбаев, орынбасары профессор Қ.Қощанов ҳәм хаткери етип жаслар аўқамы басланғыш шөлкеми жаслар жетекшиси Ҳ.Қурбанбаевлар сайланды. Сондай-ақ, мәжилисте профессор К.Алламбергенов, Қазақ миллий мәдений орайы директоры Ж.Дәрменов ҳәм ата-аналар сөзге шығып, кеңес жумысларын жетилистириў бойынша усынысларын билдирди. Кеңестиң алдағы ўазыйпалары белгилеп алынды. Мағлыўмат ушын, кеңес өз жумысын жәмийетлик тийкарда алып барып, турақлы жумыс алып барады. Кеңестиң қабыл еткен қарарлары усыныс характерине ийе болады. Қабыл етилип атырған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерде институт мәплерин қорғаў, профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлердиң ҳуқықларын қорғаў, оқыў процесин жетилистириўге бағдарланған усыныслар ислеп шығыў, тараўға байланыслы жәмийетлик хызметлер көрсетиў, жәмийетлик шериклик шеңберинде әмелге асырылатуғын келисимлер, шәртнамалар, жойбарлар ҳәм бағдарламаларды жүзеге шығарыўда институт ҳәм оның жуўапкер шахсларының жумысы үстинен жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў Жәмийетлик кеңестиң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленди.

Ислам Матеков, НМПИ баспасөз хаткери.