ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Педагогика факультетинде Альфред Адлер дөретиўшилигине бағышланған илимий кеше болып өтти

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты педагогика факультети педагогика ҳәм психология тәлим бағдарының 3-курс студентлери қатнасыўында «Альфред Адлердиң өмири ҳәм дөретиўшилиги» атамасында илимий кеше болып өтти. Кеше психология кафедрасы тәрепинен шөлкемлестирилип, онда тийкарынан илимпаздың теориялық пикирлери терең талқыланды. Студентлерден Ж.Сейдуллаева, Н.Орақбаева, Р.Ҳабипова, М.Ешбаева ҳәм Х.Ермағанбетовалар тема бойынша өз баянатлары менен қатнасты. Кешеде профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар илимпаздың теориялық билимлери бойынша пикир алмасты. Илимпаздың өмири ҳәм дөретиўшилик жолы ҳаққында студентлер тәрепинен таярланған мультимедиалық қураллар тамашаланды.

Баспасөз хызмети