Спорт ҳәптелиги: Мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультетинде көргизбели шығыўлар өткерилди

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Жаслар спорт ҳәптелиги» жоқары шөлкемлескенлик пенен өткерилди.
Мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультетинде келешек ийелери болған балаларды тәрбиялайтуғын жоқары мағлыўматлы кадрлар таярлаў мәселеси жақсы жолға қойылған. Бул жерде тәлим алыўшылардың басым көпшилиги қыз балалардан ибарат болғанлықтан олар арасында спортты ғалабаластырыў илажлары турақлы өткерилип барылмақта.
Спорт ҳәптелиги шеңберинде студентлер арасында спорт жарыслары өткерилиўи менен бирге, факультетте оқып атырған студентлердиң өзлери шуғылланып жүрген спорт түрлери бойынша көргизбели шығыўлары болып өтти.
Бундай илажларды өткериўден тийкарғы мақсет, спорттың имканиятларын көрсетиў арқалы оның студент арасындағы ғалабалығына ерисиўден ибарат.

Баспасөз хызмети