ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

НМПИ шет тиллери факультетинде Россия тәжирийбеси қолланылмақта

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты шет тиллери факультетинде Россия Федерациясының жоқары оқыў орынлары шет тиллерин оқытыў методикасының заманагөй ҳәм инновациялық үлгилерин оқыў процесинде қолланыў бойынша әмелий жумыслар алып барылмақта.

Усы жылдың 25-май ҳәм 1-июнь күнлери аралығында институттың оқыў ислери бойынша проректоры М.Жумамуратов ҳәм шет тиллери факультети деканы И.Дильманов Москва мәмлекетлик педагогикалық институтында болып, ол жердеги оқыў процеси, педагог хызметкерлерди таярлаўда әмелият орынлары менен бирге ислесиў өзгешеликлери, илимий изертлеў жумысларында қолға киргизип атырған нәтийжелери менен жақыннан танысып қайтты.

– Шет тиллерин үйрениў бойынша усы жоқары оқыў орны тәжирийбесинен нәтийжели пайдаланыў бағдарында әмелий жумыслар алып барып атырмыз. Әсиресе, студентлерди көбирек илимий изертлеў жумысларына тартыў, илимий мақала ҳәм тезислердиң сапасын арттырыў мәселелери бойынша нәтийжели жумысларды жолға қойып атырмыз, – дейди шет тиллери факультети деканы И.Дильманов.

Сапар даўамында еки тәреплеме бирге ислесиў бағдарында келисимлерге ерисилип, сол келисимлер тийкарында факультеттиң 3 профессор-оқытыўшысы Москва мәмлекетлик педагогикалық институтында өз тәжирийбесин арттырып қайтыўы, сондай-ақ, илимий изертлеў жумысларын сол жерде алып барыў ҳәм докторлық диссертацияларын жақлаў ушын ассистент-оқытыўшыларды жибериў жобаластырылған.

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.