ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Шет тиллери факультетинде 1-курслар арасында «Заковат» интеллектуал ойыны өткерилди

Шет тиллери факультетиниң 1-курс студентлеринен дүзилген команда қатнасыўында «Заковат» интеллектуал ойыны болып өтти.

Ойында студентлердиң билим ҳәм көнликпелерин арттырыў ҳәм логикалық ойлаў қәбилетин беккемлеўге жәрдем беретуғын қызықлы сораўлар берилди.

1-курс студентлери өзлериниң билим алыўға болған жоқары умтылысларын көрсете алды. Нәтийжеде 6:1 есабы менен жеңип шықты.

Ойын жуўмағында команда ағзалары «Ең жақсы сораў ийеси» ҳәм «Ең белсенди қатнасыўшы» номинациясы бойынша жеңимпазлар анықланып, факультет деканаты ҳәм жаслар аўқамы тәрепинен таярланған саўғалар менен сыйлықланды.

 

Машҳура Бахтияровна.