Шет тиллери факультетинде ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылықлар профилактикасы мәселелерине бағышланған ушырасыў өткерилди
Институттың шет тиллери факультети профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары қатнасыўында жасларды ўатанға пидайылық руўхында тәрбиялаў, олар арасында ҳуқықбузарлық және жынаятшылықлардың алдын алыў мәселелерине бағышланған ушырасыў кешеси болып өтти.
Ушырасыўды институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.
Ол өз сөзинде жаслар арасында ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылық профилактикасы мәселесиниң қаншелли актуал мәселелерден бири болып турғаны ҳаққында айта келип, бул бағдарда әмелге асырылып атырған ҳүкиметлик басламадағы жумысларды айрықша атап өтти.
Бул тараўда миллий ҳәм сырт ел тәжирийбелери кең түрде әмелге асырылып, мәмлекетимизде пуқаралық жәмийет қурыў жолында ҳуқықый имканиятлар үгит-нәсиятланып, турмысқа енгизилип атырғанлығы ҳаққында ҳәм диний экстремизм және терроризм ҳаққында айта келип, бундай жаман иллетлердиң алдын алыў ушын оған саналы түрде ҳәмме биргеликте қарсы гүресиў зәрүрлигин атап өтти.
Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги подволковниги М.Абдуллаев, Нөкис қалалық ИИБ хызметкери, майор Т.Қарлыбаевалар сөзге шығып, студент-жаслар ҳәм педагог хызметкерлер арасында жынаятшылықтың алдын алыў ҳәм ҳуқықбузарлық профилактикасы шеңберинде өткерилип атырған ушырасыўлардың әҳмийети ҳаққында айтып, бундағы мақсет жаслардың қәлби ҳәм санасына миллий ғәрезсизлик идеясын сиңдириў, бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў ҳәм китап оқыўға болған қызығыўшылығын арттырыў, жасларымызды улыўма инсаныйлық қәдирятлар ҳәм Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, улыўма адамзатқа жат болған унамсыз иллетлерге қарсы гүресиў иммунитетин күшейтиў, уялы телефоннан, Интернеттен туўры мақсетте пайдаланыў мәселелери бойынша тоқталды.
Ушырасыў қәнигелер ҳәм қатнасыўшылар арасындағы сораў-жуўап және өз ара пикир алмасыўлар мене даўам етти.
Баспасөз хызмети