Физика-мийнет факультетинде мини футболдан жарыс болып өтти
Студент-жаслардың бос ўақытларын спорт ҳәм саламатлық илажларына бағдарлаў арқалы олар арасында саламат турмыс тәризи орталығын қәлиплестириў күнниң әҳмийетлик мәселелеринен болып табылады.
Институтымыздың физика-мийнет факультетинде усы мақсетте спорттың мини футбол түринен жарыс шөлкемлестирилди.
Оған факультетте оқып атырған барлық топарлардан ер балалардан ибарат командалар қатнасты.
Қызғын беллесиўлер менен даўам еткен жарыста жеңимпазлар ҳәм қатнасыўшы командаларға факультет деканаты тәрепинен таярланған естелик саўғалары тапсырылды.
Баспасөз хызмети