Дефектология тәлим бағдары студентлерине билимлендириў процесинде инновацияларды қолланған ҳалда сабақлар өтилмекте

Мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультети мектепке шекемги тәлим кафедрасы дефектология бағдарының 2-курс студентлерине «Арнаўлы психология» пәнинен кафдераның қәниге оқытыўшысы М.Ержанова инновацияларды ҳәм педагогикалық технологияның интерактив усылларынан пайдалана отырып, ҳәр бир сабақты нәтийжели шөлкемлестирип келмекте.

Мәселен, сиз сүўретлерде көрип турған көринислерде студентлер киши топарларға бөлинип, «Кеўилли гүрриң» шынығыўын орынлап атыр. Бундағы тапсырмадан гөзленген мақсет, ақылый раўажланыўы төмен болған балалардың сөйлеўин арнаўлы билимлендириў имканиятларынан келип шығып, психологиялық қатнас тийкарында қәлиплестириўге жәрдемлесиўден ибарат.

– Шынығыў даўамында студентлер ақылый раўажланыўы төмен болған балалардың билиў процесинде қандай машқала ҳәм имканиятлар бар екенлиги ҳаққында өз ара пикир алмасады. Сондай-ақ, оларды нормал балалардың билиў процеси менен де салыстырады, ажыратып үйренеди, бир-бирин тыңлаў, бирге қарар қабыл етиў ҳәм өз пикирлерин тийкарлап бериўге үйренеди. Шынығыў жуўмағында кеўилли гүрриң жаратылады ҳәм ол ақылый раўажланыўы төмен болған балалардың сөйлеўин қәлиплестириў ушын қурал ўазыйпасын атқарады, – дейди М.Ержанова.

 

Баспасөз хызмети