ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Ўатан муқаддес, оны қорғаў – ең уллы ўазыйпамыз!

Мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультети студент-жаслары менен биргеликте 12-октябрь күни институт мәжилислер залында студент-жаслар арасында жасларды әскерий, ўатан сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, олардың қәлбинде Ўатан тәғдирине пидайылық туйғыларын қәлиплестириў, сондай-ақ, ҳуқуқбузарлық профилактикасы ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў мақсетинде «Ўатан муқаддес, оны қорғаў – ең уллы ўазыйпамыз» атамасында тийисли қәнигелер ушырасыў кешеси болып өтти.

Ушырасыў кешесине институт Жаслар менен ислесиў бойынша проректор Қ.Қадиров, Нөкис қаласы профилактика инспекторы Турсынай Қарлыбаева, Нөкис қаласы «Көк өзек» мәкан пухаралар жыйыны баслығы Нигархан Машарипова, Нөкис қалалық салық инспекциясы хызметкери Аўелбай Тыныбеков, Мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультети деканы У.Сейтжанова, декан орынбасарлары, кафедра баслықлары, топар басшылары, профессор-оқытыўшылар ҳәм студет-жаслар қатнасты.

Ушырасыў кешесин институт Жаслар менен ислесиў бойынша проректоры Қ.Қадиров кирис сөз бенен ашты ҳәм өз сөзинде студент-жасларға биринши гезекте Ўатан түсиниги, ўатанға деген сүйиспеншилиги, ўатанды қорғаўдай уллы ўазыйпаға өзлериниң терең билим алып, алған билимлери арқалы ўатанға өз үлеслерин қосатуғынлығы соның менен бирге институт ишки тәртип қағыйдалары, әдеп-икрамлылық тәрбиялары ҳаққында, сондай-ақ, студентлердиң этикалық қағыйдаларын түсиндирип өтти ҳәм бир қанша мысаллар келтирди.

Нөкис қаласы «Көк өзек» мәкан пухаралар жыйыны баслығы Нигархан Машарипова сөзге шығып студент-жасларға, институт ҳәм мәкан пухаралар жыйыны ортасындағы бирге ислесиў ўазыйпалары ҳаққында кең түрде анық түсиндирип берди. Соның менен бирге, мәкан пухаралар жыйыны аймағында ижарада жасаўшы студентлердиң сол аймақ тәртип-интизамларына бойсыныў, ижарада турыў шәртлери ҳәм де өзлери ижарада жасап атырған үйлери әтирапын абаданластырыў, таза тутыўға шақырды.

Буннан соң Нөкис қалалық салық инспекциясы хызметкери Аўелбай Тыныбеков сөзге шығып, студент-жаслардың ижарада жасаўы ушын қандай ҳүжжетлери болыў кереклиги, үй ийелерине ижара төлемлерин шәртнама дүзиў жоллары менен төлеў керек екенлиги ҳәм де районлардан келип тәлим алып атырған студентлер ўақтынша Нөкис қаласы аймағында дизимде турыў кереклиги ҳаққында кең ҳәм анық түсиник берди.

Соңынан Нөкис қаласы профилактика инспекторы Турсынай Қарлыбаева сөзге шығып, жоқарыда билдирилген мағлыўматларды мақуллап, бул ўазыйпаларды толық орынлаў ушын биринши гезекте Ўатанды шын кеўилден сүйиў керек екенлиги ҳаққында айтып, Ўатан ҳаққында бир қанша мысаллар менен түсиндирип берди.  Соның менен бирге айырым жасларымыз арасында ушырасып турған мусылманшылықтағы шәриятымызға туўры келмейтуғын жаман иллетлер ҳаққында да сөз етип, адамгершилик, инсаныйлық жақсы пазыйлетлер алла таланың туўры сөйлеў, расгөйлик әдепли болыў инсан ушын қаншелли жақсы нәрселерге алып келетуғынлығы ҳаққында мазмунлы баянат жасады. Сондай-ақ, әтирапымызда ямаса жаслар арасында ушырасып туратығын нәшебентлик ҳәм алкоголизим сыяқлы инсан организимине зыянын тийгизетуғынын оның қандай ақыбетлерге алып келиўи ҳаққында кең түсиник берип, бүгинги күнде бундай жаман иллетлерге қарсы гүресиўде кең жәмәәтшилик пенен бирге ҳәрекет етиў кереклигин айтты.

Соң факультет деканы У.Сейтжанова сөзге шығып жоқарыда келтирилген баянатлардан келип шығып, факультеттиң ишки тәртип қағыйдалары, студентлердиң билим алыўы ушын ҳәзирги заман талапларына сай ҳәрекет етиўи, билимли, зийрек студентлер ишинен атақлы стипендия жеңимпазларын жетилистириў, пән олимпиадаларына ҳәр қыйлы таңлаўларға қатнасыў ушын мүмкиншиликлердиң бар екенлиги ҳаққында айтып өтти.

Мәжилис соңында сораў-жуўаплар ҳәм пикир-усыныслар билдирилди.