ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Токио аўыл хожалығы ҳәм технологиялар университети магистранты институтымыз магистрантлары менен илимий жумыслары жөнинде пикир алмасты

13-октябрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының химия-биология факультетинде Токио аўыл хожалығы ҳәм технологиялар университетиниң 1-курс магистранты Такао Юма факультет қәнигеликлеринде оқып, илимий жумысларын алып барып атырған бир топар магистрант ҳәм бакалавр бағдары студентлери менен ушырасты.

Ушырасыўда япониялы жас излениўши илимий жумысларын алып барыў мақсетинде Қарақалпақстанға келгени ҳәм усы жерде оқып, илимий изертлеў жумысларын баслап атырған жас қәнигелер менен өз ара пикир және тәжирийбе алмасыўды жобаластырғаны ҳаққында айтып өтти.

— Мениң баслы изертлеў объектим жер асты суўларының жағдайы болып табылады. Магистрлик диссертация жумысымның темасын алыў ўақтыңда Арал бойы әтирапындағы жер асты суўларының жағдайы бойынша оғада қызықлы фактлерге дус келдим. Оларды еле де терең үйрениў мақсетинде Қарақалпақстанға келдим. Бул жерде декабрь айына шекем өз излениўлеримди алып бараман. Бунда мен ушын Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының химия-биология факультетинде ислейтуғын профессор-оқытыўшылар ҳәм магистрантлардың усы тема бойынша алып барған изертлеў жумыслары айрықша әҳмийетке ийе болады деп ойлайман, — дейди Такао Юма.

Ушырасыў даўамында Такао Юма өз изертлеўлери нәтийжесинде анықлаған айрым жаңалықлар бойынша институт магистрантлары менен өз ара пикир алмасты.

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.