ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Баслаўыш тәлим кафедрасында «Студентлер турақ жайы – өз үйимиз» атамасында сәўбетлесиў кешеси болып өтти

Институтымыздың Мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультети баслаўыш тәлим кафедрасында «Студентлер турақ жайы – өз үйимиз» атамасында ушырасыў кешеси болып өтти.

Оған кафедраның бир топар профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлер турақ жайында жасайтуғын студентлер қатнасты.

Факультеттиң 3-«б» топар басшысы Г.Зарымбетованың шөлкемлестириўинде өткерилген сәўбетлесиў кешесинде студентлер турақ жайында жаслардың бос ўақытларын нәтийжели шөлкемлестириў, олар арасында китапқумарлықты кең үгит-нәсиятлаў, спорт пенен турақлы шуғылланыўы ушын шараятлар жаратыў, сондай-ақ, студентлер турақ жайында тазалық ҳәм гигиена қағыйдаларына әмел етиў мәселелери бойынша студентлер менен өз ара пикир алмасылды.

Ушырасыўда ф.и.к., доцент М.Ембергенова, ф.и.к. С.Шынназарова ҳәм п.и.д. Н.Нағметовалар сөзге шығып, көтерилген теманың қаншеллик әҳмийетке ийе екенлигин, бул бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелилигин атап өтти ҳәм өз усынысларын билдирди.

 

Баспасөз хызмети