Диний экстремистлик ағымлар ҳәм миссионерлик мәмлекет ҳәм жәмийет ушын қәўипли

16-октябрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты мәжилислер залында «Диний экстремизм, миссионерлик мәмлекет ҳәм жәмийет ушын қәўип» атамасында ҳуқық қорғаў ҳәм тийисли тараў ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўға «Қорақалпоғистон тонгги» газетасының редакторы, шайыр Н.Матякубова, Қарақалпақстан Республикасы Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы баслығы Қ.Юсупов, пайтахтымыздағы Имәм Ийшан Муҳаммед жәмәәтлик мешити имәм орынбасары А.Жолаўшиев, Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы жәрдемшиси Ҳ.Эргашев, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы басқармасы бөлим баслығы А.Сержанов Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығының орынбасары Б.Аралбаева, Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырып барыў бойынша Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығының жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша орынбасары Ш.Ибрагимов ҳәм институт студент-жаслары қатнасты.

Ушырасыўды институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров ашып берди ҳәм басқарып барды.

Ушырасыўда тийисли тараў ўәкиллери бүгинги күни глобаллық машқалалардың бирине айланған диний экстремизм ҳәм терроризм, сондай-ақ, динди өзине нықап етип алып, бузғыншы жолларға қарай бағдарлайтуғын айрым миссионерлик ағымлар ҳаққында жыйналғанларға толық мағлыўмат берди.

Бундай ҳәрекетлердиң келешеги жоқ екенлиги, олардың баслы мақсети тийкарынан жаслар арқалы өз бузғыншы нийетлерин әмелге асырыўдан ибарат екенлиги айқын мысаллар менен көрсетип өтилди.

Сондай-ақ, усы бағдарда ҳүкиметимиз басшылығында орынларда билимлендириў мәкемелери менен биргеликте әмелге асырылып атырған жумыслардың әмелий әҳмийети ҳәм мазмуны бойынша кең түсиниклер берилди.

Ушырасыў өз ара сораў-жуўаплар менен даўам етти.

 

Машҳура Бахтияровна,

Шет тиллери факультети студенти.