ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Академик Жуманазар Базарбаевтың 85 жыллығы республика көлеминде кең түрде белгиленеди

Быйыл академик Жуманазар Базарбаевтың 85 жасқа толыўы мүнәсибети менен республикамызда бир неше илажлар өткериледи.

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында юбилейди өткериў бойынша арнаўлы жумысшы реже ислеп шығылып, жумысшы топар шөлкемлестирилди. 17-октябрь күни институттың киши мәжилислер залында жумысшы топардың жыйналысы болып өтти. Онда тийкарынан академик Жуманазар Базарбаевтың 85 жыллық юбилейин орынларда жоқары шөлкемлескенлик пенен өткериў бойынша жумысшы топар ағзаларына арнаўлы тапсырмалар берилип, алдағы исленетуғын жумыслар бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Илажда сәне мүнәсибети менен академиктиң жаңа китапларын баспаға усыныў ҳәм китап етип шығарыў, академиктиң өмир жолы, илимий дөретиўшилиги ҳаққындағы китаплар, публицистикалық мақалалар ҳәм оның мийнетлерине жазылған рецензиялардың көргизбесин шөлкемлестириў, орынларда академик пенен дөңгелек стол әтирапындағы сәўбетлесиўлер, ушырасыў кешелерин өткериў, сондай-ақ, усы жылы 13-ноябрь күни елимиздеги үлкен театрлардың биринде республикалық көлемде конференция ҳәм концерт бағдарламасын шөлкемлестириў ҳәм басқа бир неше мәселелер бойынша келисип алынды.

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.