Педагогика ҳәм психология тәлим бағдары студентлери Өсербай Әлеўов пенен ушырасыў өткерди
17-октябрь күни педагогика факультети педагогика ҳәм психология тәлим бағдарында оқып атырған студентлер қатнасыўында «Жас педагог» дөгерегиниң «Илим шайдалары» атамасындағы дөңгелек стол әтирапындағы сәўбетлесиў кешеси өткерилди.
Кешеде педагогика илимлериниң докторы, жақында ғана Президентимиз тәрепинен «Фидокорона хизматлари учун» ордени менен сыйлықланған устазымыз Өсербай Әлеўов пенен ушырасыў болып өтти.
Кешеге кафедра доценти Т.Сапарбаев, факультет деканының оқыў ислери бойынша орынбасары М.Бердибеков, үлкен оқытыўшы Т.Сапарбаева, кафедра оқытыўшысы А.Темирбековалар да қатнасты.
Ушырасыў кешесин «Жас педагог» дөгерегиниң басшысы З.Наимова басқарып барды.
Кеше даўамында педагогика кафедрасы оқытыўшысы А.Темирбекова «Илимпаздың шығармаларындағы лирикалық шегинислер», 4-г топар студенти Г.Сметова «Ө.Әлеўовтың өмири ҳәм дөретиўшилиги», 3-е топары студенти Н.Матниязова «Педагогика илими жанкүйери Ө.Әлеўовтың өмири ҳәм дөретиўшилиги» атамаларында баянатлар жасады ҳәм презентацияларды жыйналғанлардың нәзерине усынды.
Сондай-ақ, ушырасыўда усы бағдардың бир топар студентлери илимпаз қәлеминен дөреген мийнетлерден үзиндилер атқарып, концерт бағдарламасын қойып берди.
Ушырасыўда илимпаз бенен оның илимий изертлеў жумыслары бойынша сораў-жуўаплар өткерилди.
Гүлзар Сметова,
Педагогика ҳәм психология тәлим бағдарының 4-г топар студенти.