ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Шет тиллери факультети ер балалары волейбол бойынша өткерилген жарыс жеңимпазы болды

Институтымызда студентлер арасында спорттың ғалабалығына ерисиў ҳәм бул арқалы олар арасында саламат турмыс тәризин енгизиў мақсетинде спорт жарыслары, саламатлық акциялары турақлы түрде өткерип келинбекте.

Усы жылдың 16-октябрь күни институтымызда оқып атырған 1-курс студентлери арасында спорттың волейбол түринен факультетлер аралық бириншилик өткерилди.

Онда ҳәр факультеттиң сайланды командалары жеңимпазлық ушын қызғын гүрес алып барды.

Жарыс жуўмағына бола, институттың шет тиллери факультети ер балаларынан ибарат сайланды команда 1-орын жеңимпазы болды.

Жеңимпазлар ҳәм қатнасыўшылар спорт клубы ҳәм жаслар аўқамы басланғыш шөлкеми тәрепинен сыйлықланды.

 

Машҳура Бахтияровна,

Шет тиллери факультети студенти.