Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының магистратура бөлиминде дүньяға белгили қырғыз жазыўшысы Шыңғыс Айтматовтың 90 жыллығы мүнәсибети менен жазыўшының «Таўлар қулаған мәҳәл» шығармасы тийкарында әдебий кеше шөлкемлестирилди.
Кешени шөлкемлестирген қарақалпақ тили ҳәм әдебияты қәнигелигиниң магистрантлары жазыўшының өмири ҳәм дөретиўшилик жолы ҳаққында жыйналғанларға кең түсиник берип, «Таўлар қулаған мәҳәл» шығармасының дүнья әдебияты тарийхындағы орны ҳаққында айтып өтти.
Кешеге қатнасқан институттың рус тили ҳәм әдебияты кафедрасының баслығы Элмира Ешниязова ҳәм өзбек әдебияты кафедрасының баслығы Саъдулла Матякубовлар китапқумарлықты кең ен жайдырыў мақсетинде шөлкемлестирилип атырған усындай кешелердиң әҳмийети ҳаққында өз пикирлерин билдирди.
Әдебий кеше сораў-жуўаплар менен даўам етти.
Баспасөз хызмети