ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Шет тиллери факультетинде пресс клуб жумыс баслады

Институтымыздың шет тиллери факультетинде институтымыздағы жүз берип атырған жаңаланыўлар, өзгерислер ҳаққында студентлер арасында ашық ҳәм белсенди сөйлесиўлер майданын жаратыў, қәбилетли студентлерди анықлаў ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде пресс клуб шөлкемлестирилди.

Пресс клубтың шөлкемлестириў илажында сөзге шыққан факультет деканы И.Дильманов, буны шөлкемлестириўден гөзленген тийкарғы мақсет ҳәм оның ўазыйпалары ҳаққын кең түрде тоқталды.

Илажда пресс клубқа усы бағдарда оқыўға кирген ўақытларынан берли белсендилик көрсетип киятырған факультеттиң 2-курс студенти Машҳура Давлетованы пресс клуб басшысы етип сайланды.

 

Машҳура Давлетова,

Шет тиллери факультети студенти.