Жасларға Интернет сайтлары ҳәм ZiyoNet тармағының имканиятлары түсиндирилди
Институттың мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультети 3-б қарақалпақ топарының басшысы Г.Зарымбетова басшылығында «Интернет сайтлары ҳәм ZiyoNet порталының жаслар ушын әҳмийети» атамасындағы семинары өткерилди.
Онда тийкарынан глобаллық тармақтың имканиятлары, онда зәрүрли информация ҳәм мағлыўматларды алыў ушын пайдалы сайтлар, әсиресе, Өзбекстанның билимлендириў системасында өз орнына ийе болған ZiyoNet порталынан пайдаланыў жоллары, олардың имканиятлары жөнинде түсиник жумыслары ҳәм әмелий шынығыўлар алып барылды.