Әсирлик қәдирияттың жаңаша көриниси

Ҳәр бир тәлим дәргайының ўазыйпасы билим бериў, тәрбиялаў, кәсип сырларын үйретиў болғанындай Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында усылар қатарында өз ўазыйпасын толық меңгерип, халқымыз ушын пидайы устаз-педагогларды жетилистирип бермекте.

Мен де институт дәргайында тәлим алар екенмен, өзиме ҳәр күни керекли дәрежеде билим, көнликпе, тәжирийбе топлаўда даўам етпектемен.

Илим жолы ҳаққында ҳеш қандай мағлыўматқа ийе болмаған, оқыў даўамында, илимий мақала, илимий жумысларды көрип, усы машақатлы, бирақ, қызықлы, инсанға заяық беретуғын, буннан болса адамларға пайда келтириўин ойлап, күннен-күнге қызығыўшылықларымның артқаны еле есимде.

Биз билемиз, дүньядағы уллы инсанлардың да устазы болған, устаз-шәкирт тутынған. Бул барлық инсаныяттың ең уллы қәдирияты есапланады.

Өзим де солар қатары илим жолында баслаўыш тәлим кафедрасы оқытыўшысы, доцент М.Ембергенованы өзиме устаз, яғный илимий басшы тутқанман. Устазымыз бенен биргеликте 2017-жылдан берли жумыс алып барып атырмыз. Устазым М.Ембергенованың илим жолы үлги аларлық, сондай-ақ, устазымды тәжирийбели илим ғайраткери деп айта аламан.

М.Ембергенованың усы күнге шекем жеке авторлығында «Қарақалпақ тилиндеги сеплик формаларының синонимиясы», «Ҳәзирги қарақалпақ тилиндеги сепликлик контрукциялардың синонимиясы» атлы монографиялары, қоспа авторлықта «Инглисше-қарақалпақша синонимлер сөзлиги» ҳәм «Зоологиялық терминлердиң қарақалпақша-инглисше сөзлиги» атлы бир неше китаплары, 70 тен аслам мақала ҳәм тезислери жәрияланған.

Устазымыз бенен биргеликте республикамыздағы илимий-әмелий конференцияларда «Илимпаздың қарақалпақ тили илимине қосқан үлеси», «Билимлендириўдиң актуал инновациялық технологиялары», сондай-ақ, сырт еллерде «Қарақалпақ әдебиятында анекдот жанры», «Педагогический эксперимент как метод научного исследования в образовательном учреждении» атамасындағы мақалаларымыз жәрияланды. Буннан басқа да бир неше мақала ҳәм тезислеримиз жәрияланыў алдында.

Устазымыз бенен биргеликте келешекте халқымызға өз пайдасын тийгизетуғын, жасларды тәрбиялаўда унамлы өзгерислерге баслайтуғын жаңалықларды киргизиўди мақсет етип қойғанбыз.

Бул жолда көп излениў талап етиледи. Мениң ойымша, жаслық дәўирге тынбай излениў тән болыўы керек.

 

Несибели Атамуратова,

Мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультети 3-курс студенти.