Тарийх-география факультетинде «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўы өткерилди

19-октябрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты тарийх-география факультетинде «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўы болып өтти.

Факультет деканы М.Сарыбаев ҳәм декан орынбасары М.Алланиязова басшылығында шөлкемлестирилген таңлаўда факультетимиздиң қәбилетли ҳәм зийрек студентлеринен ибарат 4 команда қатнасты. Олар миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими бағдарының «Толерант», усы бағдардың 2-курс студентлеринен дүзилген «Басқаша», тарийхты оқытыў методикасы тәлим бағдарының 1-курс студентлеринен ибарат «Эксклюзив» ҳәм усы бағдардың 2-курс студентлеринен дүзилген «Тарийх оқытыў машинасы» командаларынан ибарат болды.

Команда ағзалары сәлемнама, студентлик дәўирден қызықлы көринислер ҳәм үйге тапсырма сыяқлы шәртлер бойынша өзлериниң қәбилетин көрсете алды.

Институтымыздың жаслар аўқамы басланғыш шөлкеми ҳәм «Туран» командасының ветеран ағзалары, сондай-ақ, белгили сөз устасы Мақсет Әбдижамилов (Юморбек)лардан ибарат төрешилер қурамы ҳәр бир шәрт бойынша студентлердиң шығыўларын баҳалап барды.

Таңлаў жуўмақларына бола, 1-орын «Толерант», 2-орын «Басқаша» ҳәм «Тарийх оқытыў машинасы», 3-орынға «Эксклюзив» командалары мүнәсип деп табылды.

Жеңимпазлар институт жаслар аўқамы басланғыш шөлкеми ҳәм факультет деканаты тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Таңлаўға «Туран», «Пегас» командаларының ағзалары, белгили сөз усталары мийман сыпатында қатнасты.

 

Рамазан Утепбергенов,

Тарийхты оқытыў методикасы тәлим бағдарының 3-курс студенти.