ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Институтымыздың бир топар студентлери Хожелидеги меҳрийбанлық үйинде болды

Өзбекстан жаслар аўқамы жанында дүзилген Карьера клубы «Жаңа әўлад» топары тыңлаўшылары ҳәм институттың тарийх-география факультетиниң бир топар студентлери 23-октябрь күни Хожели районындағы 1-санлы меҳрийбанлық үйинде болып, ол жерде тәрбияланып атырған балалар менен ушырасты.

Факультеттиң миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими бағдарының студентлери Р.Халмуратов, Ж.Атажанов, Ж.Полатов, Ж.Айтбаев, И.Эгамов, Ш.Генжегулов, Ж.Орынбасарова, Ш.Караматдиновлар меҳрийбанлық үйи тәрбияланыўшылары ушын сахналық көринислер, ҳәр қыйлы қызықлы ойынларды шөлкемлестирип, оларға саўғаларды тапсырды.

Кешеде тәрбияланыўшылар студентлер менен өзлерин қызықтырған темаларда өз ара пикирлести.

Студентлер тәрепинен шөлкемлестирилген сахналық көринис балаларда айрықша қызығыўшылық оятты.

 

Рамазан Утепбергенов,

Тарийх-география факультети 3-курс студенти.