ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Институт ҳаял-қызлары арасында «Кәсиплик аўқамы кубогы» жарысы өткерилди

25-октябрь күни институт ректораты, кәсиплик аўқамы кеңеси, ҳаял-қызлар шөлкеми кеңеси ҳәм спорт клубы шөлкемлестириўинде институтымыз ҳаял-қызлары арасында спорт түрлери бойынша «Кәсиплик аўқамы кубогы» жарысы өткерилди.

Жарысқа ректорат ҳәм институттың барлық факультетлеринен командалар қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 20-сентябрь күни өткерилген «Дене тәрбиясы ҳәм спорт тараўын және де раўажландырыў бойынша алдағы әҳмийетли ўазыйпалар ҳаққында»ғы мәжилис протоколы тийкарында өткерилген жарыста ҳаял-қызлар баскетбол тобын кольцоға түсириў, тосықларды айланып өтиў, арқанда секириў ҳәм т.б. бир неше эстафеталық спорт түрлери бойынша беллести.

Жарыс жуўмағына бола, институт ректораты атынан қатнасқан «Епшил қызлар» командасы 1-орын, шет тиллери факультети командасы 2-орын ҳәм физика-мийнет факультети командасы 3-орынды жеңип алды.

Жеңимпаз команда ағзалары шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

Машҳура Давлетова,

Шет тиллери факультети студенти.