«Рус тили ҳәм әдебиятын оқытыўда инновациялық технологиялар» атамасында семинар шөлкемлестирилди

26-октябрь күни институтымыздың шет тиллери факультети рус тили ҳәм әдебияты кафедрасында «Рус тили ҳәм әдебиятын оқытыўда инновациялық технологиялар» атамасында семинар шөлкемлестирилди.

Кафедра баслығы Э.Ешниязова, доцент Г.Алламуратова ҳәм үлкен оқытыўшы Г.Генжебаевалар тәрепинен шөлкемлестирилген семинарға пайтахтымыздағы улыўма билим бериў мектеплери, коллед ҳәм лицейлердиң оқытыўшылары және магистрантлар қатнасты.

Семинарда рус тили ҳәм әдебиятын оқытыўда заманагөй педагогикалық технологиялар менен бирге инновациялық усылларда үйретиўдиң әҳмийети бойынша әмелий көрсетпелер, усыныслар билдирилди.

 

Машҳура Давлетова,

Шет тиллери факультети студенти.